Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-август күнги “Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын енгизиў илажлары ҳаққында”ғы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 25-октябрь күнги “Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды социаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы 656-санлы қарары тийкарында, республикамызда көплеген унамлы ислер әмелге асырылып келинбекте.

Атап айтатуғын болсақ, республикамыздың барлық аймақларында усы қарар тийкарында, ҳүкиметимиз тәрепинен өз бағыўшысын жоғалтқан жасларымыз социаллық жақтан қоллап-қуўатланып, оларды турақ жай менен тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта.

Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллық  байрамы қарсаңында, усы қарар тийкарында Қараөзек районы Мәденият аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Серик Әлибеков та өз турақ жайына ийе болды.

Усы мүнәсибет пенен район ҳәкими Анвар Баймуратов ҳәм тараў басшылары Мәденият елатына барып, Серик Әлибековқа жаңа турақ  жайдың  гилтин тапсырды ҳәм оған өзлериниң жақсы тилеклерин билдирди. Илажда қатнасыўшылар турақ жайда жаслардың жасаўы ушын жаратылған шараятлар менен танысып, Сериктиң келешектеги арзыў-нийетлери бойынша пикирлести.

-Мен ушын бүгин оғада қуўанышлы күн,-дейди Серик қуўаныштан толқынланып.-Себеби, Президентимиз, республика ҳәм район басшыларының бизлердей жасларға көрсетип атырған аталарша ғамқорлықларының арқасында, усындай барлық қолайлықларға ийе еки ханалы турақ жайға ийе болдым. Буның ушын оларға өзимниң терең миннетдаршылығымды билдиремен.

Бундай ийгиликли ислер республикамыз бойлап даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы