Республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы, Қараөзек районында Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 32 жыллығы мүнәсибети менен атамасында байрам илажы болып өтти.
Илажда район ҳәкиминиң биринши орынбасары Б. Аяпбергенов ҳәм басқа да сөзге шыққанлар қатнасыўшыларды байрам менен қызғын қутлықлап, соңғы жылларда елимиз бойлап социаллық-экономикалық, мәдений ҳәм басқа да тараўларда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, ерисилип атырған нәтийжелерди мақтаныш пенен атап өтип, бул табысларды қолға киргизиўде жаңа редакциядағы Конституцияның орны ҳәм роли ҳаққында кең түрде сөз етти.
Сондай-ақ, илажда «Конституция – еркин ҳәм абадан турмыс кепили!» деген турмыслық сүренниң мәниси ҳәм әҳмийети, жаңа редакциядағы Конституцияда инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў улыўма жаңа басқышқа көтерилгени атап өтилди.
Байрам районлық Мәденият бөлими хызметкерлери менен мектеп оқыўшыларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы