5-декабрь күни болып өткен онлайн аукционда жәми 4,1 млрд сумлық автономер сатылды. Бул ҳаққында республика товар-шийки зат биржасы баспасөз хызмети xaбар бeрди.
Физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен сатып алынған автомобиль номерлериниң улыўма саны 680ди қурап, дүзилген бир келисимниң орташа баҳасы 6,1 млн сум болған.
Бул саўдаларда ең арзан автономердиң баҳасы 1,9 млн сум болса, ең қымбат номер 474 млн сумға сатылды.
Тоғыз айда биржа саўдаларында 152 мыңнан артық автомобиль номерлери сатылған болып, олардың улыўма баҳасы 620 млрд сумды қураған. Автономерлердиң сатып алыныўы 97% физикалық, қалған 3% болса юридикалық тәреплерге туўра келеди.
2024-жылы сатылған ең қымбат автономер 517,1 млн сумға сатып алынған болып, оны Ташкент қаласынан юридикалық тәреп қолға киргизген. Екинши орында 10-июль күни 508 млн сумға сатылған автомобиль номери турады.
ҚМУ, журналистика қәнигелиги
3-б-курс студенти
И. Утеулиев ,
Қарақалпақстан хабар агентлиги