Президент қарары менен командалық спорт түрлерин раўажландырыў, талантлы жасларды сайлап алыў системасын жетилистириў ҳәм ғалабалық спортты раўажландырыў бойынша жаңа илажлар қабыл етилди. Бул қарар 2025-2026-оқыў жылынан баслап әмелге асырылады ҳәм спорт тараўында бир қатар жаңа басламаларды енгизиўди нәзерде тутады.

Бул «Командалық спорт түрлерин раўажландырыў ҳәм талантлы жасларды сайлап алыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-421-санлы, 04.12.2024 ж.) менен беккемленди.

Қарарға бола, 2025-2026- оқыў жылынан баслап барлық мәмлекетлик университетлерде волейбол, баскетбол, гандбол, регби, жасыл майдан үстинде хоккей ҳәм суў полосы бойынша спорт клублары шөлкемлестириледи.

Басқа мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелеринде болса кеминде үш командалық спорт түри бойынша спорт клубларының жумысы жолға қойылады. Сондай-ақ, министрлик ҳәм уйымлар, хожалық бирлеспелери, коммерциялық банклер ҳәм кәрханаларда да кеминде үш командалық спорт түри ушын спорт клубларын шөлкемлестириў талап етиледи.

2025-2026-оқыў жылынан баслап «Мектеп лигасы», «Студентлер лигасы», «Жоқары билимлендириў кубоги» ҳәм «Ректор кубоги» сыяқлы жарыслар турақлы түрде өткериледи. Буннан тысқары, жергиликли ҳәкимликлер кесиминде «Ҳәким кубоги» ҳәм уйымлық шөлкемлер арасында «Басшы кубоги» жарысларын өткериў нәзерде тутылған. Бул жарыслар командалық спортты және де ғалаба ен жайдырыўға хызмет етеди.

Қарарға бола, исбилерменлик субъектлеринде командалық спорт түрлери бойынша спорт клубларын шөлкемлестириў хошаметленеди. Бундай спорт клублары арасында «Корпоратив спорт ойынлары»н өткериў жолға қойылады. Бул исбилерменлик субъектлериниң командалық спорттағы қатнасыўын жақсылаўға хызмет етиўи нәзерде тутылған.

Қабыл етилген қарар командалық спорт арқалы халықтың саламатлығын беккемлеў, социаллық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм жаслар арасында командалық руўхын қәлиплестириўге қаратылған.

Бул басламалар Өзбекстанда спорттың раўажланыўы ҳәм ғалаба ен жайыўында жаңа басқышты баслап береди. Командалық спорт түрлери келешекте мәмлекет спортшыларының халықаралық ареналардағы жетискенликлерин арттырыў ушын тийкар жаратады,-деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги