Президентимиздиң арнаўлы қарары менен ЮНЕСКО көлеминде белгиленип атырған классик шайыр Әжинияз Қосыбай улының дөретпелери илимий жақтан терең изертленип келинбекте. Солардың қатарында филология илимлериниң докторы, профессор Гүлмира Қарлыбаеваның «Әжинияз шығармалары тилиниң фонетикалық ҳәм морфологиялық сыпатламасы» (2012), «Әжинияз»(басқа авторлар менен биргеликте, библиографиялық көрсеткиш» (2003,2014)) , «Әжинияз шығармалары тилиниң семантика –стилистикалық өзгешеликлери» (Монография, 2017), «Әжинияз шығармаларында көркемлеў қураллары» (2018) атамаларындағы илимий мийнетлери бар.
Жақында илимпаздың «Билим» баспасынан «Әжинияз шығармалары тили» атамасындағы монографиясы басылып шықты. Монографияда қарақалпақ халқының уллы классик шайыры Әжинияз Қосыбай улы (1824-1878) әдебий мийрасларының тили илимий жақтан терең ҳәм ҳәр тәреплеме изертленген. Атап айтқанда, шайыр шығармаларының изертлениў жағдайларына шолыў жасалып, шайырдың шығармалары тилиниң фонетикалық өзгешеликлери, морфологиялық қурылысы, сөз жасалыў шеберлиги кең түрде анализ етилген. Монографияның соңғы бабында шайыр дөретпелериниң лексика-семантикалық ҳәм стилистикалық өзгешеликлери изертленген. Сондай-ақ, шайыр шығармалары тилин қарақалпақ тили диалектлери ҳәм ҳәзирги қарақалпақ тили материалларына салыстырмалы бағдарда изертлеў тийкарында шайырдың қарақалпақ жазба әдебий тилиниң тарийхындағы айрықша орны анықланған.
Китап илимий хызметкерлер, излениўшилер, студент-жаслар, қарақалпақ тилиy оқытыў сырлары ҳәм тил билимине қызығыўшылар ушын усынылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги