Сенаттың  Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитети мәжилисинде «Азық-аўқат қәўипсизлиги ҳаққында»ғы Нызам додаланды.

Мәжилисте бул Нызам азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат санааты өнимлерин ислеп шығарыў системасында исбилерменлик жумысы, соның ишинде, ислеп шығарыўшыдан соңғы тутыныўшыға шекемги процессти избе-из қадағалап барыў системасын енгизиў ушын қуўатландырыўшы есапланатуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, Нызам менен бир қатар мәселелерге анықлық киргизилип атырғанлығы атап өтилди.

Атап айтқанда, Нызамда тийкарғы түсиниклер, яғный «мәмлекетлик резерв», «социаллық әҳмийетке ийе тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери», «азық-аўқат балансы», «азық-аўқат өнимлери ҳәм шийки заттың айланыс резерв», «азық-аўқат өнимлери жетиспеўшилиги», «азық-аўқат қәўипсизлиги», «қәўипсиз азықланыў» ҳәм «шийки зат» түсиниклерине анық сыпатлама берилмекте.

Сондай-ақ, бул Нызамда азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы тийкарғы принциплер ҳәм мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарлары белгилеп берилмекте.

Ең тийкарғысы, азық-аўқат қәўипсизлиги тараўын тәртипке салыў беккемленбекте. Онда азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде Министрлер Кабинети, ўәкилликли мәмлекетлик уйым, республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының ўәкилликлери анық етип көрсетилген.

Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында ўәкилликли мәмлекетлик уйым сыпатында Аўыл хожалығы министрлиги белгиленбекте ҳәм оған республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы жумысын муўапықластырыў, азық-аўқат өнимлерин ҳәм шийки затты ислеп шығарыў менен байланыслы жумысын қоллап-қуўатлаў бойынша усыныслар таярлаў, азық-аўқат қәўипсизлигине унамсыз тәсир етиўши факторларды үйрениў тийкарында азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў процесслерин жетилистириў ҳәм раўажландырыўға байланыслы қысқа, орта ҳәм узақ мүддетли стратегияларды ислеп шығыў сыяқлы бир қатар кепилликлер берилмекте.

Сондай-ақ, Нызамда азық-аўқат өнимлери жетиспеўшилигине жол қоймаў бойынша мәмлекет тәрепинен қандай илажлар көрилетуғыны, азық-аўқат балансын қәлиплестириў, тутыныўшылардың ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлердиң азық-аўқат қәўипсизлиги тараўында ҳуқық ҳәм миннетлемелери анық етип белгилеп қойылмақта.

Нызам дөретиўшилери тәрепинен бул Нызамның әмелиятқа енгизилиўи мәмлекеттеги азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы байланысларды тәртипке салыўшы нормаларды бирден-бир ҳүжжетке унификациялаў ҳәм системаластырыўға ҳәм усы тараўдағы байланысларды комплексли ҳуқықый тәртипке салыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Додалаў жуўмағында Комитеттиң тийисли қарары қабыл етилди, деп мәлимлеме береди senat.uz сайты.

                                                                      Қарақалпақстан хабар агентлиги