Италияның Өзбекстандағы жаңа елшиси тайынланды

382

Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Италияның жаңа елшиси Пьергабриеле Пападиа де Боттиниди қабыллады, деп хабар берди СИМ баспасөз хызмети.

Ушырасыўда стратегиялық бирге ислесиў күн тәртибиндеги тийкарғы бағдарлар додаланды. СИМ басшысы елшиге мәмлекетимиздеги жумысы даўамында избе-из қоллап-қуўатлаўға таяр екенлигин билдирди.

55 жастағы дипломат 2020-2024-жыллары елимиздеги Италия елшиханасына басшылық еткен Агостино Пиннаның орнына тайынланды.

 

ӨзА