Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университетиниң Нөкис филиалында Өзбекстан Республикасы Конституциясының 32 жыллығына бағышланған илаж болып өтти.
Байрам илажы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығы П.Айтниязов, Қарақалпақстан Республикасы прокурорының аға жәрдемшиси Г.Алеўова, Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислер бойынша судлаў коллегиясы баслығының жәрдемшиси Н.Нурымбетов, филиал директорының оқыў ислери бойынша орынбасары Қ.Атаназаров шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 32 жыл толыўы мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.
Илажда сөзге шыққанлар, Өзбекстан Республикасы Конституциясы мәмлекетимиздеги ҳуқықый тәртип, социаллық әдиллик ҳәм мәмлекеттиң беккемлигин тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе ҳүжжет екенлигин атап өтти.
Жаңа редакциядағы Бас нызамымыз 6 бѳлим, 27 бап ҳәм 155 статьядан ибарат болып, онда ең дәслеп инсан қәдири айрықша негиз етип белгиленген. Сонлықтан, Конституция тек мәмлекеттиң тийкарғы ҳуқықый нормаларын белгилеп берип ғана қоймастан, ал инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаўдағы әҳмийетли механизм ретинде хызмет етеди. Онда халқымызға тән болған – әдалатлылық, мийрим-шәпәәт сыяқлы жоқары пазыйлетлер сиңдирилген
Мәмлекетимизде қабыл етилип атырған ҳәр қандай нызам ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер Конституциямыз негизинде қабыл етиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги