«Театрлардың жәмийетлик мәдений турмысындағы әҳмийетин арттырыў ҳәм олардың жумысын және де қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, драматурглер ушын Маҳмудхўжа Беҳбудий атындағы ҳәм жас режиссёрлар ушын Баҳодир Йўлдошев атындағы сыйлық шөлкемлестириледи.

Онда сыйлықлар бойынша танлаўлар ҳәр еки жылда өткерилип, олардың жеңимпазлары МҲТЕКМтиң 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады.

Режиссиёр –драматург-композитор –сүўретши принципи тийкарында дөретиўшилик бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған 2025-жылдан ҳәр жылы август айында «Нигоҳ» дөретиўшилик жойбары әмелге асырылады.

Миллий академиялық музыка көркем өнерин раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў мақсетинде ҳәр 2 жылда миллий композиторлар танлаўы өткерип барылады.

Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театры жанында Театр режиссёрлары академиясы шөлкемлестириледи.

Дүнья драматургиясы үлгилеринен аўдарылған дөретпелер бойынша ҳәр жылы «Ең жақсы аўдарма сахна дөретпелери» танлаўы енгизиледи.

2025-жылдан:

-ҳәр 2 жылда тарийхый ҳәм заманагөй темалар бойынша «Ең жақсы пьесалар» танлаўы шөлкемлестириледи;

– Өзбекстан театры жәмәәтлериниң миллий рейтинги дүзиледи.

Қарарға бола, халық, әсиресе, жаслардың театрларға турақлы келиўин нәзерде тутыўшы «Театр-ибратханадур» бағдарламасы әмелге асырылады.

Онда:

-«Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқаралар ҳәм майыплығы болған шахслар мәмлекетлик театрлардың спектакллерине бийпул киргизиледи.

Муқимий атындағы Өзбекстан Мәмлекетлик музыкалы театрына «Академиялық» статусы бериледи.

2026-жылдың ақырына шекем Өзбекстан мәмлекетлик жаслар театры жумысы заманагөй үлгили театр сыпатында шөлкемлестириледи.

2025-жыл 1-январьдан 2026-жыл 31-декабрьге шекем ҳуқықый эксперимент бойынша Өзбекстан мәмлекетлик жаслар театры ҳәм Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик акдемиялық үлкен театрына қаржы, дөретиўшилик ҳәм шөлкемлестириў мәселелерин еркин шешиў кепиллиги бериледи.

ӨзА