ямаса ХМШтың 132-санлы конвенциясының ратификацияланыўы жумысшы-хызметкерлерге қандай кепилликлер бермекте?
Президент тәрепинен быйыл 7-ноябрь күни қол қойылған нызам менен Халықаралық мийнет шөлкеминиң Мийнет ҳақы төленетуғын дем алыслар ҳаққындағы 132-санлы конвенциясы (1970-жылы қайта көрип шығылған) ратификацияланды. Бул нызам Нызамшылық палатасы тәрепинен усы жылдың 27-августында қабыл етилип, Сенат 24-октябрьде мақуллаған еди.
Усы күнге шекем 38 мәмлекет тәрепинен ратификацияланған бул конвенцияда мийнет қатнасықларында хызметкерлердиң өз жумысын әмелге асырыўы менен байланыслы, соның ишинде, дем алыс ҳәм мийнет ҳақы төленетуғын дем алыслардан пайдаланыў ҳуқықларын тәмийинлеў илажларын және де күшейтиў сыяқлы мәселелер нәзерде тутылған.
Конвенция барлық тараўларда ислейтуғын хызметкерлерге дем алыс ҳәм жумыс ислеў қәбилетин қайта тиклеў ушын жумыс орны (лаўазымы) ҳәм орташа мийнет ҳақысы сақлап қалынған ҳалда ҳәр жумыс жылы ушын берилетуғын дем алысларды тәмийинлеўге тийкар жаратады. Сондай-ақ, бул ҳүжжетте бир қатар ҳуқықлар халықаралық дәрежедеги нормалар менен беккемленди. Мәселен, усы конвенцияның 5-статьясында нәзерде тутылған норма, яғный мийнет ҳақы төленетуғын жыллық мийнет дем алысына шығыў ушын минимал хызмет мүддети талап етилиўи, бундай мүддет алты айдан артпаўы керек екенлиги белгиленген. Дурыс, бул мүддет әмелдеги мийнет кодексиниң 227-статьясында да атап өтилген (биринши жумыс жылы ушын ҳәр жылғы мийнет дем алысынан пайдаланыў ҳуқықы хызметкерде ол усы жумыс бериўшиде үзликсиз ислеген алты ай өткенинен кейин пайда болады. Мийнет шәртнамасы тәреплердиң келисимине бола, хызметкерге алты ай өткенге шекем де мийнет дем алысы берилиўи мүмкин). Буннан тысқары, конвенцияда келтирилген бир қатар нормалар, атап айтқанда, ғалаба байрам күнлери мийнет дем алысларының даўамлылығын белгилеў есапқа алынбаўы (конвенцияның 6-статьясы) дем алыс ҳеш қандай жағдайда бир жыллық хызмет ушын үш жумыс ҳәптесинен аз болмаўы керек екенлиги (конвенцияның 3-статьясы), талап етилетуғын минимал жумыс мүддетин тамамлаған хызметкер ислеп берген ўақтына сәйкес түрде мийнет ҳақы төленетуғын дем алыс алыўы да әмелдеги нызамшылығымызда сәўлеленген болып есапланады.
Әлбетте, миллий нызамшылық әллеқашан конвенция нормаларының айырым өзгешеликлерин қамтып алған болыўы мүмкин, бирақ оны ратификациялаў мәмлекеттиң халықаралық миннетлемелериниң орынланыўын тәмийинлейди, ишки нызамшылық базасын беккемлейди ҳәм тийисли мәселелер бойынша халықаралық бирге ислесиўди раўажландырады.
Жуўмақлап айтқанда, бул конвенцияның қабыл етилиўи келешекте халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер менен қатнасықларда Өзбекстанның унамлы имиджин және де жоқарылатыўға ҳәм халықаралық рейтинглер менен индекслердеги орнын жоқары басқышларға көтериўге имканият жаратады. Сондай-ақ, барлық тараўларда ислеўши хызметкерлердиң дем алыс ҳәм мийнет ҳақы төленетуғын дем алыслардан пайдаланыў ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша халықаралық стандартларды әмелиятқа нәтийжели енгизиўге хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги