Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясында атқарыў ҳәкимияты уйымларының басшы кадрлары ҳәм секторлардың басшылары ушын шөлкемлестирилген семинарда ишки ислер министри,  генерал-лейтенант Пўлат Бобожонов қатнасты.

Бул илаж Президент Шавкат Мирзиёевтиң парламент палаталарында шығып сөйлеген  сөзлери, сондай-ақ, 2025-жылдың – «Қоршаған орталықты  қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» деп жәрияланыўы мүнәсибети менен белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўына қаратылған.

П.Бобожонов тыңлаўшыларға жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, мәҳәллелерде қәўипсиз  орталықты  жаратыў, пуқаралардың хуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў бағдарында сектор басшылары тәрепинен әмелге асырылыўы зәрүр болған ўазыйпалар бойынша толық түсиник берди. Соның ишинде, алды алыныўы зәрүр болған жынаятлар, анықланыўы керек хуқықбузарлықлар ҳәм мәҳәллелердеги жынаятларды кескин азайтыў бойынша жуўапкер  басшылар алдына қойылған тийкарғы ўазыйпаларға айрықша итибар қаратылды.

Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 30-ноябрьдеги «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципи тийкарында мәҳәллелерде социаллық профилактика системасының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы  қарарында белгиленген  ўазыйпаларға муўапық «Социаллық профилактика» объектлериниң ҳәр бир категориялары менен айрықша ислесиў бойынша керекли  усыныслар берилди.

Илажда «Қәўипсиз шаңарақ» принципи тийкарында белгиленген ўазыйпалар, мәҳәллелерде қәўипсиз шараят жаратыў бойынша аймақ тәжирийбелери, жынаятларды додалаў тәртиби, жаслар менен ислесиў, гүзги-қысқы мәўсимде орынланыўы зәрүр болған тапсырмалар ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша шешимин күтип атырған машқалаларды сапластырыў бойынша баянат ҳәм интерактив усыллар арқалы тыңлаўшылардың көнликпелери арттырылды.

Н.Абдураимова, ӨзА