МҒКА Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы жуўапкерлериниң қатнасыўында баспасөз әнжуманы шөлкемлестирилди. Атап өтилиўинше, ҳәзирги күнде ҳәр бир мәҳәллениң «Қоймахана» дәптери ислеп шығылған болып, бул дәптерге муўапық, мәҳәлле инфраструктурасын жақсылаў бойынша реформалар әмелге асырылған.
Атап өтилиўинше, 9 мың 452 мәҳәлледе 2 мың 329 мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилген, 191 мың 366 халықтың бәнтлиги тәмийинленген. 276 мың 652 хожалық оңлап берилген, 2 миллион 826 хожалықта қосымша дәрамат дәреги жаратылған.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, аймақларда 856 мың 193 кәмбағал шаңарақта 4 миллионнан артық халық жасайды. Олардың 770,4 мыңы жумыссыз пуқаралар болып табылады. Жумыссыз пуқаралардан 1 мың 761и жәмийетлик жумысларға тартылған, 16 мың 559 шаңараққа напақа тайынланған. 1 мың 763 халықтың турақ жайы оңлап берилген, 3 мың 599 пуқараға 25,1 миллиард сумлық субсидия ажыратылған.
Сондай-ақ, орынларда кәмбағаллықты қысқартыў мақсетинде 4 мың 684 пуқараға 40,3 миллиард сум әтирапында кредит ажыратылған. 6 мың 645 шаңараққа 11,8 миллиард сумлық материаллық жәрдем көрсетилген, 2 мың 729 пуқараның емлеўханаларда емлениўи ушын жәрдем берилген.
Миграцияда жүрген пуқараларға жәрдем бериў мақсетинде Ташкент қаласы, Самарқанд, Наўайы ўәлаятынан тысқары барлық аймақларда 974 мың 269 миграцияда жүрген пуқара хатлаўдан өткерилген. «Миграция балансы» қәлиплестирилген ҳәм «Санлы мәҳәлле» платформасына киргизилген. Миграцияда қыйын жағдайда қалған 418 мың 764 пуқара елимизге қайтарылған ҳәм олардан 210 мың 170и жумысқа жайластырылған.
Муҳайё Тошқораева,
ӨзА