Қытай Халық Республикасы пайтахты Пекин қаласында «Өзбекстан туризм жылы»ның рәсмий ашылыў мәресими болып өтти.

Илаж быйылғы жылдың январь айында Президент Шавкат Мирзиёевтиң Қытайға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлерге муўапық өткерилип атыр.

Мәресимде Туризм комитетиниң баслығы Умид Шодиев, ҚХР Мәденият ҳәм туризм министриниң орынбасары Лу Юнчуанг, БМШ Туризм бас хаткери Зураб Пололикашвили, “Trip.com”, “Alibaba Fliggy”, “CCT”, “CYTS” сыяқлы ири туроператорлар ҳәм корпорациялардың басшылары, “CCTV”, “CGTN”, “China Global” жетекши медиа холдинглериниң ўәкиллери ҳәм тараў қәнигелери қатнасты.

«Өзбекстан туризм жылы»ның ашылыў шеңберинде туризмге инвестициялар бойынша Өзбекстан-Қытай форумы да шөлкемлестирилди, онда Қытайдың 200 ден артық туризм бизнеси ўәкиллери перспективалы инфраструктура жойбарлары, қытайлы саяхатшылар ушын жаңа тур өнимлери ҳәм бағдарлары менен танысты.

Өзбекстан делегациясы, сондай-ақ, Шанхай, Гуначжоу ҳәм Сиан қалаларында «Өзбекстанға саяхат ет!» туристлик роуд-шоусында қатнасады. Еки мәмлекет туроператорлары арасында мәмлекетимизге туристлердиң ағымын көбейтиў бойынша В2В ушырасыўларын өткериў режелестирилген.

Еслетип өтемиз, 1-декабрь күни Өзбекстан ҳәм Қытай арасында 30 күнге шекем визасыз режим енгизиў ҳаққында келисимге қол қойылған еди.

Б.Худойбердиев, ӨзА