Нөкис районы ҳәкими З. Зайтовтың басшылығындағы делегация ағзалары тәжирийбе алмасыў мақсетинде аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў, қайта ислеў ҳәм қыйтақ жерлерден үнемли пайдаланыў сондай-ақ, исбилерменлик субъектлериниң жумысларын жолға қойыў мақсетинде әмелий сапар менен Ферғана ўәлаятында болды.
Делегация ағзалары Ферғана ўәлаяты Қува районындағы нәл жетистириў орынларында болып, бул жердеги жетистирилген мийўе нәллери ҳәм жаңадан жаратылып атырған бағ орынлары менен жақыннан танысты.
Сондай-ақ, Қува районындағы «Қыйтақ жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыў илимий-әмелий орайы»ның жумыслары көзден өткерилди. Бул жерде 395 гектар жер майданда шийе, ерик, алмурт, шабдал ҳәм басқа да мийўе түрлери жетистирилип, Россия, Қытай ҳәм Корея мәмлекетлерине 1,5 млн доллорлық экспорт етиледи.
Буннан соң делегация ағзалары «YINGAI AGRO CUL URAL FOOD TECHNOLOGY» өндирислик кәрханасында болып, ол жердеги шәраятлар ҳәм жумыс процеси менен танысты. Кәрханада ҳәр қыйлы мийўе өнимлери қақланып ҳәм қадақланып сырт мәмлекетлерге ҳәр жылы 300 млн доллорлық көлемде экспорт етилмекте.
Соның менен бирге, олар «Фрунс грант» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болып ол жердеги жағдайлар менен танысқанда 37 гектар жер майданға тамшылатып суўғарыў технологиясы арқалы интенсив бағ жаратылғанының гүўасы болды. Бул жердеги жетистирилген мийўе өнимлерин Россия, Норвегия мәмлекетлерине экспорт етиў жолға қойылған.
Ал, Алтыарық районындағы «Хайрулла Бахром Байматов» көп тармақлы фермер хожалығындағы 75 гектар майданға егилген жүзим сортлары, кәрхана тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар делегация ағзаларында унамлы тәсир қалдырды. Ол жерде мерс, аватар, хусайини, маникюр жүзим сортлары жетистирилип, фермер хожалығы тәрепинен 2 млн доллор муғдарында Россия мәмлекетине өнимлер экспорт етилмекте.
Сапар жуўмағында Нөкис районында Ферғана ўәлаяты тәжирийбеси тийкарында жаңадан жүзим сортларын ҳәм бағшылықты раўажландырыў бойынша өз-ара келисип алынды.
Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги