«President Tech Award»: Demo Day ҳәптелиги басланды

521

Президент сыйлығы ушын «Санлы технологиялар бағдарында ең жақсы стартап» («President Tech Award») Demo Day таңлаўының ҳәптелиги басланды.

Бул ҳәпте даўамында таңлаўдың тийкарғы бағдарлары бойынша 54 сайландыған команда өзлериниң иновациялық жойбарларын усынып, финал басқышына шығыў ушын гүреседи. 54 топар стартапларын жетекши компаниялардың қәнигелерине усыныс етти. Күн жуўмағында  төрешилер финалға өткен 15 ең жақсы команданы анықлады.

Финалға шыға алмаған командалар «Plug and Play» қәнигелеринен пикир-усыныслар алады. Бул болса оларға өз стартапларын жетилистириў имканиятын береди.

7-декабрь күни стартаплар ушын гранд финал болып өтеди. Таңлаў жеңимпазлары төрешилер тәрепинен анықланады. Улыўма сыйлық қоры 900 мың долларды  қурайды.

Н.Раҳмонова, ӨзА