Өзбекстан Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги ўәкиллери Вашингтонда Қурама Штатлардың “CNH Industrial”, “Abbott”, “Medtronic”, “Cintana”, “HP”, “Caterpillar”, “Coca-Cola”, “Sierra Nevada Corporation”, “John Deere”, “Boeing”, “Stirling Foundation”, “Cove Capital”, “Bridge Capital Group”, “Stantec Inc” ҳәм басқа ири компаниялардың жуўапкерлери менен дөгерек сәўбетин шөлкемлестирди.
Илажда сондай-ақ, АҚШ Ақ үйи, Мәмлекетлик департаменти, Саўда министрлиги ҳәм “CLDP” бағдарламасының рәсмийлери де қатнасты.
Мәжилисте инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң мәсләҳәтшиси Aбдулла Ҳошимов, сыртқы ислер министриниң орынбасары Музаффарбек Мадраҳимов ҳәм Өзбекстанның Вашингтондағы елшиси Фурқат Сидиқов ҳәм Aмерика тәрепи ўәкиллери шығып сөйледи.
Итибарлы тәрепи, АҚШ Мәмлекетлик хаькери жәрдемшисиниң орынбасары Марк Помершейм 13-ноябрь күни Вашингтонда болып өткен Өзбекстан-Америка стратегиялық шериклик қарым-қатнасы мәжилисиниң IV раундын жоқары баҳалады.
Тәреплер жеке меншик сектор ўәкиллери арасында өз-ара бирге ислесиўди және де кеңейтиў, АҚШ ҳәм Өзбекстан арасындағы саўда ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди диверсификациялаў мақсетинде усы форматты кеңейтилген стратегиялық шериклик қарым-қатнасына айландырыўға келисип алды.
ӨзА