Бизге белгили, елимизде халықты социаллық қорғаў, бул тараўға Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар муғдарын арттырыў ҳәм қосымша ресурсларды тартыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. 2025-жылғы Мәмлекетлик бюджет жойбарында да бюджет қәрежетлериниң 52 проценти ямаса 178 трлн.сумы социаллық тараў қәрежетлерин қурамақта.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитети тәрепинен 2025-жылғы Мәмлекетлик бюджетке байланыслы нызам жойбары додаланып, депутатлар бюджет сиясатында халықтың абаданлығын тәмийинлеў жолында алып барылып атырған жумысларға айрықша итибар қаратты.

Социаллық қорғаўға ажыратылып атырған қаржылардың мәнзиллилигин күшейтиў ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеў, бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақы, пенсия ҳәм напақаларды ҳәр жылғы инфляция дәрежесинен аз болмаған муғдарда арттырып барылыўы халық ўәкиллери тәрепинен унамлы баҳаланды.

Атап өтилгениндей, Мәмлекетлик бюджет жойбарында кем тәмийинленген шаңарақларға «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» арқалы төленетуғын напақалар бойынша әмелдеги нормаларын жетилистириў ҳәм напақалардың мәнзиллилигин арттырыўға байланыслы жумысларды даўам еттириў режелестирилмекте. Соның менен бирге, Пенсия қорына пенсия ҳәм басқа төлемлерди өз ўақтында қаржыландырыўды тәмийинлеў мақсетинде қордың дәраматлары ҳәм қәрежетлери арасындағы унамсыз айырмашылықты (жетиспеўшиликти) қаплаў ушын мәмлекетлик бюджеттен 18,5 трлн.сум трансферт қаржыларының бағдарланыўы нәзерде тутылғаны, 2025-жылдың ақырына шекем болса 4,3 миллион пенсия алыўшылар ҳәм орташа пенсия муғдары 1 645,2 мың сумды қураўының күтилип атырғаны айрықша атап өтилди.

М.Комилова, ӨзА