Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты тәрепинен өткерилген «Ең жақсы социаллық баслама» көрик-таңлаўының республикалық басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Бул таңлаўдың өткерилиўинен тийкарғы мақсет – мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик емес сектор ҳәм пуқараларымыз тәрепинен социаллық басламаларды исенимли алға қойыў ҳәм әмелге асырылыўын және де жеделлестириў, хошаметлеў болып табылады.
Көрик-таңлаўды шөлкемлестириў ҳәм оны өткериў бойынша республикалық комиссиясы тәрепинен 12 аймақта жоқары нәтийжелерге ерискен, жәмийеттиң раўажланыўы жолында баслама көрсеткен 50 қатнасыўшы арасында 5 номинация бойынша I, II, III орынлар анықланды.
Таңлаў нәтийжелерине бола, «Ең жақсы социаллық интакер исбилерменлик субъекти» номинациясында 1-орынды Жиззақ ўәлаяты Пахтакор районындағы «Семурғ» туқымгершилик кластери, 2-орынды Бухара ўәлаяты Бухара қаласындағы “Ahmedov Avtogaz Service” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм 3-орынды Ташкент ўәлаятының Бекабад қаласындағы “Хoji-zuhra-ona” шаңарақлық кәрханасы ийеледи.
«Ең жақсы социаллық интакер мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем» номинациясында 1-орынды Бухара ўәлаятының Бухара районы «Майыплар жәмийети», 2-орынды Жиззақ ўәлаятының «Перспективалы әўлад» социаллық мәлимлеме орайы ҳәм 3-орынды Наўайы ўәлаятының «Лидер» ҳаяллар ҳәм балалар орайы қолға киргизди.
«Ең жақсы социаллық интакер мәмлекет басқарыў уйымы» номинациясында 1-орынды Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласындағы «Инсан» социаллық хызметлер орайы, 2-орынды Самарқанд ўәлаятының Балалар көп тармақлы медицина орайы ҳәм 3-орынды Сырдәрья ўәлаятының Жаслар ислери агентлиги Боёвут районы бөлими ийеледи.
«Ең жақсы социаллық интакер пуқара» номинациясы бойынша 1-орынды Сырдәрья ўәлаятынан Адҳамжон Жўраев, 2-орынды Хорезм ўәлаятынан Равшанбек Собиров ҳәм 3-орын Наманган ўәлаятынан Муҳаммадали Қамбаровқа несип етти.
Буннан тысқары, «Ең жақсы социаллық интакер ҳәкимлик» номинациясында 1-орынды Самарқанд ўәлаятының Иштихан районы ҳәкимлиги, 2-орынды Әндижан ўәлаятының Бостан районы ҳәкимлиги, 3-орынды Қашқадәрья ўәлаятының Қаршы қалалық ҳәкимлиги ийеледи.
Көрик-таңлаў жеңимпазлары естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы