Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов басшылығындағы Өзбекстан делегациясы Японияда хызмет сапарында болды. Делегация қурамында жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң биринши орынбасары Шоҳрух Далиев хызмет сапары даўамында бир қатар ушырасыўлар өткерди.

Атап айтқанда, Ш.Далиев Японияның Билимлендириў, мәденият, спорт, илим ҳәм технологиялар министри, Япония Парламент ағзасы Абе Тошико ханым ҳәм министрдиң биринши орынбасары, Япония Парламент ағзасы Такебе Арата менен ушырасты.

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги баспасөз хызметиниң мағлыўматына бола, сөйлесиў даўамында жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар тараўларында перспективалы режелер бойынша пикир алысты. Сапар даўамында Бухара қаласында Өзбекстан-Япония жоқары билимлендириў мәкемелери ректорларының гезектеги Бесинши форумын өткериў усынысы берилди.

Бул түрдеги форумлар 2011, 2015, 2019 ҳәм 2022-жыллары шөлкемлестирилген.

Сөйлесиў даўамында еки мәмлекет жоқары оқыў орынлары арасындағы бирге ислесиў жағдайы, Япония университетлери менен ҳәр қыйлы тәлим бағдарлары бойынша «еки диплом» (double-degree diploma) биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын жолға қойыў ҳәм Өзбекстандағы билимлендириў жумысын Япония университетлериниң оқыў режелери ҳәм бағдарламалары тийкарында әмелге асырыўға келисилди.

Соның менен бирге, япон тили ҳәм әдебияты, архитектура ҳәм қурылыс, энергетика, инженерлик, аўыл хожалығы, геология, таў-кән санааты, биотехнологиялар, нанотехнологиялар, химия технологиялары, мәлимлеме технологиялары ҳәм басқа да бағдарлар бойынша баянатлар оқыў ушын япон оқытыўшыларын Өзбекстанға усыныс етиў бойынша өз-ара келисимлерге ерисилди.

Муҳайё Тошқораева,

ӨзА