Өзбекстан Әдиллик министрлигине Финляндия сыртқы ислер министрлигиниң Россия Федерациясы ҳәм Орайлық Азия бойынша директоры Йонас Хейсканен басшылығындағы делегация  келди.

Әдиллик министриниң орынбасары Музраф Икромов соңғы жыллары әдиллик ҳәм хуқық тараўында Өзбекстан-Финляндия қатнасықларын және де беккемлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

Ушырасыўда Финляндия Сыртқы ислер министрлиги жәрдеми менен Әдиллик министрлиги тәрепинен БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы ўәкилханасы менен биргеликте 2023-2025-жылларға мөлшерленген «Өзбекстанда нызам үстинлиги ҳәм инсан хуқықларының қорғалыўын күшейтиў» жойбары шеңберинде әмелге асырылған жумыслар айрықша   атап өтилди.

Й.Хейсканен Өзбекстанда нызам үстинлигин ҳәм инсан хуқықларын қорғаў тараўындағы реформаларды жоқары баҳалады. Халықтың бийпул юридикалық жәрдем  менен тәмийинленгени ҳәм усы тараўда жумыс алып баратуғын МКШлар  жумысына жәрдем бериў пуқаралардың әдил судлаўға ерисиўинде  әҳмийетли  орын  ийелейтуғынын атап өтти.

Ушырасыў даўамында Финляндия сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте  әмелге асырылып атырған жумыслар Өзбекстанда нызам үстинлиги ҳәм инсан хуқықларын қорғаўды беккемлеўде унамлы нәтийже берип атырғаны  атап өтилди. Тәреплер келешекте усы бирге ислесиўди даўам еттириў тәрепдары екенин билдирди.

Н.Абдураимова,

ӨзА