Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли кеңеслерге сайлаў процесин тиккелей сәўлелендириў ушын келген Оманның «Ар-Рая» басылымының хабаршысы Иброҳим бин Салим Ал-Ҳодий бүгин Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигинде болды.

ӨзА басшысы менен сәўбет даўамында мийман Өзбекстанда сайлаў процесине инновациялық қатнас жасағанлығы, атап айтқанда, электрон қурылмалардан кең пайдаланылғаны, даўыс бериў жаңаланған Конституция ҳәм миллий сайлаў нызамшылығына бола, аралас система тийкарында табыслы өткенин атап өтти.

– Быйылғы сайлаў Өзбекстандағы демократиялық реформалардың әмелий нәтийжеси болып табылады, – деди Иброҳим бин Салим Ал-Ҳодий. – Биз барған сайлаў участкаларында сайлаў процеси нызамшылыққа толық сәйкес өткенине гүўа болдық. Бир сөз бенен айтқанда, соңғы жыллары Жаңа Өзбекстанда алып барылып атырған реформалар себепли адамлардың турмыс абаданлығы жылдан-жылға жақсыланбақта. Соның менен бирге, олардың сиясий билими, ойлаў дәрежеси де раўажланған.

Және де соны атап өтиўди қәлеймен, Өзбекстанда қуўнақ, миймандос ҳәм кеўили ашық инсанлар жасайды. Мен буны журтыңызға биринши мәрте келгенимде-ақ аңлап жеткенмен. Өзбек халқының ҳәр қандай жаңалық ушын ашықлығы, соның менен бирге өз тамырларын умытпайтуғыны, бай тарийхы ҳәм дәстүрлерин қәстерлеп-сақлаўы мени таң қалдырады. Бул мәкан мени бәрқулла өзине тартады.

Ушырасыў соңында ӨзА ҳәм Оман мәлимлеме агентлиги – ONA ҳәм “Ар-Рая” басылымы арасында турақлы мәлимлеме алмасыў, еки мәмлекет жаңалықларын өз-ара сәўлелендирип барыў мақсетинде бирге ислесиў келисимине қол қойыўға келисип алынды.

Муҳаррама Пирматова,

Ёқубжон Мелибоев (видео),

Рустам Назарматов (сүўрет),

ӨзА