Пайтахтымызда «Европа Аўқамы – Орайлық Азия жас жетекшилери конференциясы: Турақлы суў ҳәрекети парадигмасын өзгертиў» темасында регионаллық форум басланды.
ЕАның Орайлық Азия бойынша бюросы, Ташкенттеги «Nordik» халықаралық университети ҳәм Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте, суў ресурсларын нәтийжели басқарыў бойынша жол картасын орынлаў шеңберинде шөлкемлестирилген илаж БМШ, ЖДСШ, ЕҚБШ ўәкиллери, дипломатлар ҳәм бес қоңсы мәмлекеттен 100 ге шамалас қәнигени топлады.
Өзбекстан суў хожалығы министри Шавкат Ҳамроев усы форум Орайлық Азия жас жетекшилерин бирлестириў, оларды тыңлаў, сондай-ақ, ЕАның климат турақлылығы ҳәм суў ресурсларын басқарыў бойынша тәжирийбесин үйрениўге жәрдем беретуғынын атап өтти.
Еки күн даўам ететуғын конференция жоқары дәрежедеги тийкарғы пикир-таллаў, сондай-ақ, турақлы суў ҳәрекети бойынша Европа аўқамы – Орайлық Азия шериклиги ҳәм регионымыздағы суў кризисин шешиўде жаслардың орны темаларына бағышланған сессиялардан ибарат.
– Жасларды өзимиз көриўди қәлеген дүньяны қәлиплестириў процесине қалай тартыў мүмкин екенлиги, сондай-ақ, усы бағдарда алға қойылған басламаларды додалап атырмыз, – деди Жәҳән жаслар парламенти глобал суў үгит-нәсиятлаўы бойынша баслығы Марта Сарагоса Наварро. – Жас жетекшилерди ертен жүзеге келиўи мүмкин болған ҳәр қандай жағдайға таярлай алыўымызға исенемен. Усы форум арқалы алдынғы тәжирийбени ортақласыў, сондай-ақ, Өзбекстан тараўдың раўажланыўы ушын қандай усыныслар бере алыўы, халықаралық көлемдеги ҳәрекетке қалай үлес қосыўы мүмкин екенлигин билип алмақтамыз.
Қатнасыўшылар суўдан пайдаланыў нәтийжелилиги, үнемлеўшилик ҳәм суў дипломатиясы сыяқлы көп тәреплеме пайдалы темаларды да додалады.
– Суў ресурсларын дурыс басқарыў пүткил дүньяда, соның ишинде, Орайлық Азияда да оғада әҳмийетли, – деди ЕАның Қазақстандағы делегациясының бирге ислесиў бөлими баслығы Йоханнес Баур. – Суў машқаласын шешиўде ески континент тәжирийбеси регион ушын пайдалы деп ойлайман. Орайлық Азия ушын суў энергетикасы ҳәм климат мәселесине байланыслы Европа командасының басламасын усы конференция арқалы үгит-нәсиятламақшымыз. Бул процесске жасларды тартыў оғада әҳмийетли, себеби, Орайлық Азия халқының үлкен бөлегин жаслар қурайды.
Халықаралық форум болса жас жетекшилер суў менен байланыслы машқалалар бойынша өз көзқарасынан билдириўи, пикир алысыўы ҳәм бирге ислесиўи ушын әҳмийетли майдан болып хызмет етеди.
Ўткир АЛИМОВ,
ӨзАның хабаршысы