«Өзбекконцерт» мәмлекетлик мәкемеси баспасөз хызметиниң еслетиўинше, Өзбекстан Республикасының «Мәдений жумыс ҳәм мәденият шөлкемлери ҳаққында»ғы нызамының 21-статьясына бола, Өзбекстан Республикасы аймағынан тысқарыда концерт-тамаша илажларын әмелге асырыў ҳаққында «Өзбекконцерт» мәмлекетлик мәкемесин жазба түрде хабардар етиў шәртлери белгилеп қойылған.

Сондай-ақ, Министлер Кабинетиниң 2022-жыл 22-ферварьдағы «Арнаўлы электрон система арқалы айырым жумыс түрлерин лицензиялаў тәртиби ҳаққындағы бирден-бир режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған «Концерт-тамаша жумысын лицензиялаў паспорты» талапларына бола, «Өзбекконцерт» мәмлекетлик мәкемесин жазба хабардар етпестен Өзбекстан Республикасы аймағынан тысқарыда концерт-тамаша илажларын әмелге асырыў лицензия талап ҳәм шәртлерин қопал түрде бузыў болып есапланады.

Усы жерде, «Өзбекконцерт» мәмлекетлик мәкемеси бундай жумыс нызамсыз екенин атап өтип, Өзбекстан Республикасының сыртында концерт-тамаша илажларын шөлкемлестириў ҳәм режелестириўде «Өзбекконцерт» мәмлекетлик мәкемесин хабардар еткен ҳалда жумыс алып барыўы керек екени ҳаққында ескертеди.

Бүгиги күнде усы талапларға әмел етпей сырт елде концерт бағдарламаларын режелестирип өткерип атырған қосықшылар жоқ емес. Лицензия талап ҳәм шәртлерине әмел етпеген көркем өнер ғайраткерлериниң лицензиясы «Өзбекконцерт» мәмлекетлик мәкемеси тәрепинен мүддетинен алдын тоқтатылатуғыны мәлим етиледи.

ӨзА