Ташкентте «Дүнья криминологиясының алдыңғы тәжирийбелери» темасында I халықаралық форум болып өтпекте.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Ишки ислер министрлиги, Криминология изертлеў институты менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда Венгрия, Корея, Россия, Ҳиндстан, Беларусь сыяқлы мәмлекетлерден, халықаралық шөлкемлерден ўәкиллер, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң ҳуқық қорғаў уйымларының жуўапкер хызметкерлери, илимпазлар қатнаспақта.
Илажда Өзбекстан Республикасы ишки ислер министриниң орынбасары генерал-майор Бекмурод Абдуллаев, Криминология изертлеў институты баслығы, полковник Бахтиёр Бердиалиев мәмлекетимизде криминология тараўы реформаларға пропорционал тәризде раўажланып атырғанын атап өтти.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Өзбекстан Республикасы Криминология изертлеў институты шөлкемлестирилгени бул бағдардағы әҳмийетли қәдемлерден бири болды.
Илажда қатнасыўшылар криминология бойынша ерисилип атырған ең алдыңғы тәжирийбелер менен ортақласпақта. Форум шеңберинде Венгрия, Қазақстан, Германия Бирге ислесиў жәмийети (GIZ), Черногория, Россия, Япония Халықаралық бирге ислесиў жәмийети (JICA), Ҳиндстан ўәкиллери менен еки тәреплеме бирге ислесиў меморандумлары ҳәм бирге ислесиў бағдарламаларына қол қойыў нәзерде тутылған.
Форум 31-октябрьге шекем даўам етеди.
ӨзА