Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикери Нуриддин Исмоилов Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамының бас хаткери Сергей Лебедев басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасты.
Сөйлесиў алдында мийманларға жаңа редакциядағы Конституция ҳәм «Өзбекстан-2030» стратегиясында белгиленген тийкарғы ўазыйпалар шеңберинде мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, Нызамшылық палатасының жумысы ҳәм 27-октябрь күни болып өткен парламентлик сайлаўлары ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
Өз гезегинде, С.Лебедев қабыллағаны ушын өзиниң миннетдаршылығын билдирип, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатлары сайлаўында халықаралық бақлаўшылар сыпатында қатнасыў ушын 8 ҒМДА еллеринен 167 бақлаўшы сайлаў участкаларында бақлаўлар алып барғанлығын атап өтти.
Сондай-ақ, ол сайлаў участкаларында сайлаўшылар ушын барлық қолайлықлар, зәрүр шараятлар жаратылғаны, соның ишинде, майыплығы болған пуқаралар ҳәм кексе жастағы сайлаўшыларға болған итибар ҳәм мүнәсибет халықаралық бақлаўшылар тәрепинен жоқары баҳаланғанын билдирди.
Делегация басшысы өзиниң сөзинде бақлаў даўамында сайлаўларға таярлық көриў процеси бойынша кең көлемде ҳәм әдил баҳа алынғанын, Өзбекстанда сайлаўлар әдеттегидей шөлкемлескенлик пенен өткерилгени ҳәм сайлаў процесине жуўапкер болған барлық структураларда жоқары тәжирийбе сезими пайда болғанын айрықша атап өтти.
- * * *
Соның менен бирге, Нызамшылық палатасының Спикери Малайзия парламенти Сенаты Баслығының орынбасары Нур Жазлан Моҳамад басшылығындағы делегация ағзалары менен де ушырасты.
Сөйлесиў даўамында Нур Жазлан Моҳамад парламент сайлаўларына халықаралық бақлаўшы сыпатында усыныс етилгени, жыллы ҳәм шын жүректен қабыллағаны ушын Өзбекстан Республикасы басшылығына өз миннетдаршылығын билдирди. Сондай-ақ, ол Өзбекстандағы жәмийетлик-сиясий өзгерислерге жоқары баҳа берип, Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен аймақларды раўажландырыў бойынша мәмлекетте алып барылып атырған избе-из реформалар нәтийжесин көргенлигин атап өтти.
Малайзия парламенти Сенаты Баслығының орынбасары болып өткен сайлаўлар жаңа редакциядағы Конституция, жаңа нызамшылыққа тийкарланып аралас сайлаў системасы – мажоритар ҳәм пропорционал түрде өткерилгени менен алдыңғы сайлаўлардан пүткиллей өзгешеленгени, партиялар тәрепинен депутатлыққа талабанлар усыныс етилген ҳаял-қызлардың үлеси 40 проценттен аз болмайтуғынын жоқары баҳалады.
М.Комилова,
ӨзА