Атқарыў ҳәкимияты уйымларының штат бирликлериниң саны муўапықластырылды

510

«Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының штат бирликлериниң санын тәртипке салыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Президент Пәрманы (ПП-165-санлы, 22.10.2024-ж.) қабыл етилди.

Оған муўапық айырым ҳүжжетлерге төмендегилерди нәзерде тутыўшы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди:

айырым республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының штат бирликлериниң санын муўапықластырыў;

экономикалық комплекс қурамына кириўши министрлик ҳәм уйымлардың басшы орынбасарларының санын қысқартыў.

Қарақалпақстан хабар агентлиги