Кеше елимизде әҳмийетли сиясий процесс- Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли кеңеслер депутатлығына сайлаўлар болып өтти.

Усы мүнәсибет пенен елимизде бир қанша мәмлекетлерден ҒХҚ ўәкиллери келди. Олардан бири Қырғыз Республикасының «Кабар» Миллий мәлимлеме агентлиги директоры Медербек Шерметалиев Өзбектсан Миллий мәлимлеме агентлигинде болды.

Ушырасыўда еки мәмлекет жетекши мәлимлеме агентликлери арасындағы қатнасықларды заман талапларына сәйкес түрде раўажландырып барыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сөйлесиў ўақтында мәлимлеме алмасыў көлемин кеңейтиў, хызметкерлердиң тәжирийбе ҳәм маманлығын системалы арттырып барыў илажларын көриў мақсетке муўапық екенлиги мақулланып, жаңаланған Келисим меморандумына қол қойылды.

-Бүгинги күнде Қырғыз Республикасы ҳәм Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында, исенимли мәлимлеме тарқатыў оғада әҳмийетли,-деди «Кабар» бас директоры Медербек Шерметалиев. – Усы мәнисте Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги менен шерикликти және де кеңейтиўге келисип алғанымыз мақсетке муўапық болды. Өзбекстан пуқаралары сиясий процесслерде жүдә белсенди екенлигин атап өтиўимиз керек.  Ўақыттан пайдаланып, туўысқан өзбек халқына тынышлық ҳәм абаданлық тилеймен.

Қырғызстандағы тийкарғы мәмлекетлик мәлимлеме агентлиги сыпатында «Кабар» өзиниң дәреклеринде мәмлекетимиздиң турмысына байланыслы материалларды турақлы түрде жәриялап барады.

Сондай-ақ, Түркий мәмлекетлер мәлимлеме агентликлери альянсы (ATNA), Ғәресиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы мәмлекетлик мәлимлеме агентликлери кеңеси (Информсовет) ҳәм Ислам бирге ислесиў шөлкеми Мәлимлеме агентликлери басқармасы (UNA) да ӨзА менен жедел бирге ислесип келеди.

 

ӨзА