Ишки ислер министрлиги Мәденият сарайында 25-октябрь – Өзбекстьан Республикасы ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажы болып өтти.

Онда Сенат ағзалары, ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкиллери, ишки ислер уйымларының тараўлық хызметлериниң басшылары ҳәм жеке қурамы сондай-ақ, ветеранлар қатнасты.

Президент баспасөз хаткери Шерзод Асадов мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң ишки ислер уйымларының хызметкерлери ҳәм ветеранларына жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.

Қутлықлаўда ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң халқымыз тынышлығын тәмийинлеў, тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бағдарындағы үлкен хызметлери миннетдаршылық пенен атап өтилди.

Ишки ислер уйымларының жумысын жетилистириў, оларды ел-халық мәплери жолында хызмет ететуғын халықшыл ҳәм профессионал системаға айландырыў бойынша исленген жумыслар ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпалар атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысының қутлықлаўында ишки ислер системасындағы өзгерислердиң әмелий нәтийжесин халқымыз өзиниң күнделикли турмысында турақлы сезиўи, билиўи шәрт екенлиги атап өтилип, система хызметкерлерине жақсы тилеклер билдирилген.

– Елимиз тынышлығы ҳәм татыўлығын сақлаў, жәмийетлик тәрипти, пуқаралар қәўипсизлигин тәмийинлеўдей уллы ўазыйпаға өз өмирин бағышлап киятырған хызметкерлер, әскерий хызметкерлер, билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары, тыңлаўшы-курсантлары, ҳүрметли ветеранларымыз ҳәм хызмет миннетин орынлаў ўақтында қайтыс болған кәсиплеслеримиздиң шаңарақ ағзаларына терең миннетдаршылық билдеремен,-деди Ишки ислер министри, генерал-лейтенант Полат Бобожонов. – Ғәрезсизлик жылларында барлық тараўларда болғаны сыяқлы ишки ислер уйымлары да оғада мақтанышлы ҳәм жуўапкершиликли жолды басып өтти. Әсиресе, кейинги сегиз жылда Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында системада пухта ойланған ҳәм кең көлемли реформалар әмелге асырылды.

Нәтийжеде Жаңа Өзбекстанда «Барлық реформа ҳәм өзгерислер – инсан қәдирин жоқарылатыў ушын» деген ийгиликли принципке сүйенген, елимиздеги тынышлықтың кепили бола алатуғын, садық, жоқары билим ҳәм профессионал көнликпелерге ийе ўатансүйиўши кадрларды өзинде жәмлеген жаңа система жаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы «Егер мәмлекет сүйенетуғын тийкарғы үстин нызам болса, оның күшин әмелде көрсететуғын ең нәтийжели  система, бул-ишки ислер тараўы, десек, әйне ҳақыйқат болады», деп атап өткени жоқары исеним болыўы менен бирге тараў хызметкерлерине жоқары жуўапкершилик де жүклейди.

Илажда қатардағы әскер, сержант, офицер ҳәм генераллар ҳәм ҳүрметли ветеранлардың ел-журт тынышлығы ҳәм татыўлығын тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаўдай машақатлы, соның менен бирге, мақтанышлы хызметлери мүнәсип атап өтилди.

Президентимиздиң күни кеше жәрияланған пәрманы менен елимиз ишки ислер уйымларындағы көп жыллық нәтийжели мийнети, Ўатанымыз тынышлығын ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, тынышлық, турақлылықты беккемлеўге қосқан мүнәсип үлеси, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасының нәтийжелилигин арттырыў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлери, нызамлы мәплерин қорғаў жолындағы ибратлы ҳәм үлгили жумысы, мақтанышлы ўазыйпасын орынлаўда мәртлик ҳәм батырлық үлгисин көрсеткен, жас әўладты ана Ўатанға мухаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў бағдарындағы айрықша хызметлери ушын бир топар хызметкерлер Ўатанымыздың жоқары мәмлекетлик сыйлықлары менен сыйлықланды.

Сыйлықларды ишки ислер министри Полат Бобобжонов өз ийелерине тапсырды.

Бир топар хызметкерлер министрликтиң уйымлық көкирек белгилери, баҳалы естелик саўғалары ҳәм ақшалай сыйлықлары менен сыйлықланды.

Буннан соң илажға келген мәртебели мийманлар, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жуўапкерлери ишки ислер уйымларының хызметкерлерин байрам менен қутлықлады.

Президентимиздиң басламасы менен тараўда әмелге асырылған реформалар, заманагөй техникалық қураллар менен тәмийинлеў, хызмет шараятын жақсылаў, хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын исенимли қорғаў бағдарындағы әмелге асырылған жумыслар ҳаққында сөз болды. Халық мәплерине хызмет ететуғын, жоқары билим ҳәм профессионал көнликпелерге ийе ўатансүйгиш хызметкерлердиң тынышлық ҳәм татыўлықты тәмийинлеў жолындағы хызметлерине жоқары баҳа берилди.

Илажға көркем өнер ғайраткерлериниң шығыўы өзгеше кейпият бағышлады.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы