Түркий мәмлекетлер Парламент ассамблеясы (ТүркПА) делегациясы Олий Мажлис Сенатына келди.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда тәреплер түркий тиллес мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўдиң тийкарғы мәселелерин додалады. Өз-ара байланысларды раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарлары бойынша пикир алысты.
Ушырасыў қатнасыўшылары Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған демократиялық реформаларды жоқары баҳалап, мәмлекетимиздиң раўажланыўы барлық түркий мәмлекетлер ҳәм ислам дүньясы ушын оғада әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.
Ушырасыў жуўмақлары бойынша түркий мәмлекетлер парламентлери арасындағы бирге ислесиўди және де беккемлеў, сондай-ақ, ТүркПА шеңбериндеги өткерилетуғын илажларда белсене қатнасыў бойынша келисимге ерисилди.
ӨзА