Жерден ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў бағдарында әмелге асырылған бир қатар жумыслар нәтийжесинде халықтың жерге болған мүнәсибети пүткиллей өзгерди. Бирақ тараўда елеге шекем айырым кемшиликлер сақланып қалмақта.

Сол себепли, нызамшылықты және де жетилистириў зәрүрлиги пайда болды. «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыў, тараўдағы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў механизмлерин жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында»ғы нызам усы мақсетте ислеп шығылған.

Сенат жалпы мәжилисинде додаланған нызам менен жер ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлериниң талапларын бузғаны менен байланыслы қылмыслар ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик илажлары күшейтилмекте.

Жер участкаларын өзбасымшалық пенен ийелеп алыў сыяқлы жынаятлар тек ғана прокуратура уйымлары тәрепинен тергеў етилиўи белгиленбекте.

Әмелдеги нызамшылыққа бола, бундай түрдеги жынаятларды тергеў тек ғана прокуратура емес, ал ишки ислер уйымларының тергеўшилери тәрепинен де әмелге асырылатуғын еди.

Экономикалық ҳәм Пуқаралық процессуаллық кодекслери судларда өзбасымшалық пенен ийеленген мәмлекет ийелигиндеги жер участкаларын қайтарыў ҳәм нызамсыз қурылмаларды бузып таслаўға байланыслы жумысларды көрип шығыўдың айрықша тәртибин белгилеўши нормалар менен толықтырылмақта.

Сондай-ақ, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары пуқаралық ҳәм экономикалық судларға жер ҳаққындағы нызам бузылыўы менен байланыслы шағым арза киргизиўде мәмлекетлик бажыдан азат етилиўи белгиленбекте.

Сенаторлар мақуллаған нызам жер участкаларына байланыслы исленип атырған ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў нәтийжелилигиниң артыўына, жынаятлар бойынша жеткерилген зыянның өз ўақтында өндирилиўине хызмет етеди.

Н.Абдураимова,

Н.Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА