Кувейттиң «Q8 Press» электрон баспасында Ташкентте Өзбекстан-Кувейт бизнес-форумының болып өткени кеңнен жарытылды.
Мақалада усы жылдың 15-21-октябрь күнлери Кувейттиң жетекши исбилермен топарларының ўәкиллеринен ибарат делегацияның Өзбекстанға сапары әмелге асырылғаны атап өтилген.
Сапар шеңберинде IT, туризм, химия санааты, медицина ҳәм азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў тараўларында жумыс алып барыўшы еки мәмлекет исбилермен топар ўәкиллериниң қатнасыўында Өзбекстан-Кувейт бизнес-форумы ҳәм «B2B» форматындағы еки тәреплеме ушырасыўлар болып өтти.
Илажда Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығының орынбасары Дилшод Расулов ҳәм Кувейт сыртқы ислер министриниң мәсләҳәтшиси Аҳмад Мансур Ҳалаф Ал Алаж шығып сөйледи.
Сондай-ақ, форумда мәмлекетимиздиң министрлик ҳәм уйымларының ўәкиллери Өзбекстан ҳәм Кувейт инвестициялық имканияты ҳәм саўда-экономикалық қатнасықларын сәўлелендириўши презентациялар менен қатнасты.
Баспаның жазыўынша, Кувейтли исбилерменлер менен ушырасыў Ферғана ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында даўам етиўи күтилмекте.
Муҳарамма Пирматова, ӨзА