Жақында Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығы Даврон Ваҳобов ҳәм Бахрейн Саўда –санаат палатасы атқарыўшы директоры Атиф Муҳаммад Ал-Ҳажа арасында ушырасыў шөлкемлестирилди.

Өз-ара сөйлесиў ўақтында еки мәмлекет исбилермен топарлары арасында саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм қосымша илажларды шөлкемлестириў мәселелери додаланды.

Сондай-ақ, Бахрейнниң алюминий ислеп шығарыў бойынша тәжирийбесинен келип шығып, бул үлкениң “Aluminium Bahrain” (Alba) алюминий ислеп шығарыўшы ири компаниясы менен бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша пикир алысты.

Ушырасыў нәтийжелери бойынша тәреплер 2024-жылдың ақырына шекем Өзбекстан ҳәм Бахрейн исбилермен топарлары делегациясының өз-ара сапарын шөлкемлестириў, сондай-ақ, алюминий ислеп шығарыў бағдарында бирге ислесиў бойынша илажлар ислеп шығыўға келисип алды.

ӨзА