18-октябрь күни Президент тәрепинен қол қойылған Нызам (ӨРН-977-санлы) менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Нызам менен айырым нызамларға Социаллық қорғаў миллий агентлигине жерлеў ушын напақаны бериў ўазыйпасын жүклеўге, оның ҳаял-қызларды зорлық-зомбылықтан қорғаў тараўындағы ўәкилликлерин белгилеўге, сондай-ақ, пуқаралық ислери бойынша судларға ҳәм ҳәкимшилик судларға мүрәжат етиўле мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиўге тийисли өзгерислер киргизилмекте.

Буннан тысқары басқалардың қараўына мүтәж болған 80 жасқа толған кекселерге қарап турылған ўақыт жумыс стажына қосып есапланыўы ушын емлеў мәкемесиниң жуўмағы талап етилмейтуғын, сондай-ақ, басқалардың қараўына мүтәж болған жалғыз кекселерге, жалғыз жасаўшы кекселерге ҳәм майыплығы болған шахсларға қала жолаўшылар транспортынан бийпул пайдаланыў ҳуқықының берилетуғыны нәзерде тутылмақта.

Соның менен бирге, өмир бойы тәмийинлеў шәрти менен үйди (квартираны) басқа шахсқа бериўге байланыслы келисимлер ҳәм өмир бойы рента шәртнамасы ҳаққындағы, сондай-ақ,  қайырқомлықтағы шахстың мүлкин бөлистириўге байланыслы келисимлер ҳәм оның тәғдирин шешиўге қаратылған басқа да келисимлер ҳаққындағы мағлыўматлар «Инсан» социаллық хызметлер орайларына берилетуғыны белгиленбекте.

Нызамға бола, «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамға басқалардың қараўына  мүтәж болған жалғыз кекселер, жалғыз жасаўшы кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар жойтылған ямаса жарамсыз ҳалға келген ID-картасын ямаса биометрикалық паспортын алмастырыўда мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилетуғынын нәзерде тутыўшы өзгерислер киргизилмекте.

Сондай-ақ, «Инсан» социаллық хызметлер орайлары тәрепинен социаллық қорғаўға мүтәж айырым категориядағы шахсларды ўақтынша дизимге алыўда да мәмлекетлик бажы өндирилмейди.

Буннан тысқары, жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балалар мәмлекет тәрепинен екилемши базардан алынған турақ жайды олардың атына рәсмийлестириў ушын нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыўда мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилетуғыны белгиленбекте.

Соның менен бирге, басқалардың қараўына мүтәж болған жалғыз кекселерге, жалғыз жасаўшы кекселерге ҳәм майыплығы болған шахсларға қайырқомлық етиў ушын бағдарланған қаржылар салық базасын анықлаўда шегирип тасланатуғын қәрежетлер қатарына киргизилиўи нәзерде тутылмақта.

ӨзА