Ташкент қаласында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы (ҒМДА) қатнасыўшы мәмлекетлериниң әдиллик министрлери кеңесиниң 18-мәжилиси болып өтпекте.
Онда Беларусь, Россия, Тәжикстан, Өзбекстан әдиллик министрлери ҳәм Қырғызстан әдиллик министриниң орынбасары қатнаспақта.
Атап өтилгениндей, глобалласыў ҳәм мәмлекетлераралық байланыслардың күшейиўи шараятында ҒМДА еллери ҳуқықый тараўда жедел қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиўди талап ететуғын жаңа машқалаларға дус келмекте.
Әдиллик министрлери кеңеси қатнасыўшы мәмлекетлердиң жумысын муўапықластырыў, ҳуқықый базаны беккемлеў ҳәм нызамшылықты раўажландырыўда әҳмийетли роль атқармақта.
Бул пуқаралардың ҳуқықларын және де нәтийжели қорғаў, ҳуқықый хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм халықаралық миннетлемелерди орынлаўға хызмет етеди.
Н.Абдураимова, ӨзА