Пайтахтымызда IV Ташкент Контркоррупция форумы өз жумысын баслады.

Форумда Финляндия , Грузия, Қазақстан, Корея, Литва, Малайзия, АҚШ, Әзербайжан, Қытай, Гонконг, Тәжикстан сыяқлы мәмлекетлердиң  контркоррупция уйымлары, бир қатар халықаралық шөлкемлердиң басшылары ҳәм хызметкерлери, халықаралық экспертлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң ўәкиллери қатнаспақта.

Ҳәзирги ўақытта форумның жалпы мәжилиси болып өтпекте.

Форумның ашылыўында Олий Мажлис Сенатының ўәкиллери, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң директоры Акмал Бурхонов, Европа Аўқамының Өзбекстандағы елшиси Тоиво Клар, БМШ Раўажланыў Бағдарламасының Өзбекстандағы  турақлы ўәкили Акико Фужии, БМШ Нәшебентлик затлар ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасының Аўғанстан, Орайлық Азия, Иран ҳәм Пакистан бойынша регионаллық  ўәкили доктор Оливер Столпе ҳәм Германия халықаралық  бирге ислесиў шөлкеминиң «Нәтийжели мәмлекетлик басқарыў» бағдарламасы менеджери, доктор Виктор Кесслер шығып сөйледи.

Бул абырайлы форум Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен Европа Аўқамы, Германия халықаралық бирге ислесиў шөлкеми ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасы менен биргеликте өткерилмекте.

Н.Абдураимова, Н. Ҳайдаров (суўрет), ӨзА