Кениялы атлет Рут Чепнгетич марафон бойынша 2023-жылы Берлин марафонында эфиопиялы Тигист Ассефаға тийисли жәҳән рекордын жаңалаўға еристи.
Атап айтқанда, Чепнгетич Чикаго марафонында 42 км 195 м аралықты 2 саат 9 минут 57 секунд ишинде басып өтип, марафонды 2 саат 10 минуттан аз ўақыт ишинде жуўырып өткен дәслепки ҳаял спортшыға айланды.
Солай етип, кениялы атлет бурынғы орнатылған рекорд нәтийжени дерлик еки минутқа өзгертиўге миясар болды.
Соны айтып өтиўимиз керек, буннан алдынғы эфиопиялы Тигист Ассефа тәрепинен орнатылған рекорд 2 саат 11 минут 53 секунд еди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.