Римде өзбекстанлы дипломатлардың Италия Парламенти сенатының ағзасы, бурынғы сыртқы ислер министри Джулио Терц иди Сант´Агата менен ушырасыўы болып өтти. Онда Өзбекстан ҳәм Италия, сондай-ақ, Европа аўқамы арасындағы бирге ислесиў перспективалары додаланды.
Соңғы еки жыл ишинде еки мәмлекет арасындағы қатнасықлар стратегиялық бирге ислесиў дәрежесине көтерилди. Саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да әҳмийетли тараўлардағы байланыслар избе-из раўажланбақта.
Италия сенаторы Европа Аўқамы ҳәм Өзбекстан арасындағы көп тәреплемели қатнасықларды және де беккемлеў зәрүр екенлигин атап өтти. Оның атап өтиўинше, Европа Аўқамының басқа мәмлекетлер сыяқлы Италияда да халықаралық сиясат мәселелери үлкен әҳмийетке ийе болып, Италия Сенатында қабыл етилип атырған нызамшылық ҳүжжетлериниң 70-75 проценти Европа ҳәм халықаралық ислер бойынша комитет қатнасыўында көрип шығылады.
Сондай-ақ, Өзбекстанның Италиядағы елшиси Абат Файзуллаев сенатор менен еки ҳәм көп тәреплеме илажлар, соның ишинде, 2024-2025-жыллары өткерилиўи режелестирилип атырған ири бизнес форумларды шөлкемлестириў мәселелерин додалады.
Азиза Алимова таярлады, ӨзА