Өзбекстан Республикаси Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслердиң депутатларын сайлаўға таярлық көриў ҳәм өткериў бойынша жумыслар қызғын алып барылмақта.
Атап айтқанда, сиясий партиялар тәрепинен депутатлыққа усынылған талабанлардың өз сайлаўшылары менен сайлаўалды ушырасыўлары өткерилмекте.
Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 57-статьясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаў ҳаққында»ғы нызамының 56-статьясына муўапық, республикамыздың барлық аймақларында сайлаўшылардың өзлери қәлеген сиясий партия ҳәм олар тәрепинен депутатлыққа усынылған талабанларға мүддетинен бурын даўыс бериў процеси басланды.
-19-участкалық сайлаў комиссиясы Нөкис қаласындағы 32-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде жайласқан болып, комиссиямыз тәрепинен 2376 сайлаўшы дизимге алынған,-дейди комиссия баслығы Гүлнара Таженова.-Комиссия ағзалары тәрепинен бул сайлаўшылардың дизими дүзилди. Соннан 54 пуқара өз өмиринде биринши мәрте сайлаўларға қатнасады. Ал, 55 пуқара болса, сайлаўда қатнасыў имканияты болмаўына байланыслы өзиниң жасаў үйинде даўыс береди. 19-участкалық сайлаў комиссиясында сайлаўшылардың даўыс бериўи ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған. Мине, бүгин сайлаў күни өзиниң жасаў орнында бола алмайтуғын пуқаралар участкамызға келип, өзлери қәлеген сиясий партия ҳәм олар тәрепинен депутатлыққа усынылған талабанларға мүддетинен бурын даўыс бермекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.