Өзбекстан Экологиялық партиясынан Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслердиң депутатлығына көрсетилген талабанлардың жаслар менен ушырасыўының гезектегиси Самарқанд мәмлекетлик Ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университетиниң Нөкис филиалында болып өтти.
Ушырасыўда Өзбекстан Экологиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатлығына талабан С.Утемуратова, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутатлығына талабан О.Сапарова, Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми Кеңеси бас қәнигеси А.Абдирахманова, Нөкис қалалық партия шөлкеми Кеңесиниң баслығы А.Исмайловалар шығып сөйлеп, сайлаўалды бағдарламалары туўралы мағлыўматлар берилди.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Экологиялық партиясы “Тәбият ушын бирлесейик!” сүрени астында тәбияттың бүгинги шақырығына қулақ тутыўға шақырады. Бәршени саламат орталыққа ийе келешекке, көз алдымызда көринип турған системалы экологиялық машқалаларды шешиўге бағдарлайды.
Ашық сәўбетлесиў формасында өткен ушырасыўда талабанлар қатнасыўшыларға партияның сайлаўалды бағдарламасындағы ең әҳмийетли бағдарлар, халық мәплери көзқарасынан ислеп шығылған идеялары ҳәм усыныслары туўралы түсиник берди.
Атап айтқанда, сайлаўларда дәслепки мәрте даўыс бериўде қатнасатуғын жаслардың ҳуқықлары менен миннетлемелери бойынша мағлыўматлар берилип, жәмийетте экологиялық мәдениятты көтериў, өсип киятырған келешек әўладтың экологиялық билимин арттырыў, экологиялық билимлендириў ҳәм тәрбия процесин нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде “Халықтың экологиялық мәдениятын көтериў концепсиясы” және оны әмелге асырыў бойынша бағдарлама қабыл етиў, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша миллий бағдарламаны қабыл етиў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын қорғаўды күшейтиў, атмосфераға шығарылатуғын зыянлы газлерди азайтыў ҳәм жәриймаларды күшейтиў сыяқлы оғада әҳмийетли ўазыйпалар белгиленген.
Ушырасыўда жас сайлаўшыларға партия жумыслары ҳәм басламаларына тийисли үгит-нәсиятлаў қураллары, жаңа бағдарлама орын алған китапшалар, флайерлер ҳәм талабанның флайерлери тарқатылып, жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.