Пайтахтымызда «Ислам – тынышлық ҳәм жақсылық дини» темасында абырайлы халықаралық конференция өткерилмекте.
Бул конференция қатнасыўшыларына Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қутлықлаў жоллады.
Оны Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Хайриддин Султанов оқып еситтирди.
Қутлықлаўда атап өтилгениндей, жаңа Өзбекстанда уллы ата-бабаларымыздың мийрасын толық үйрениўге үлкен итибар қаратылмақта. Бир қатар ағартыўшылық орайлардың шөлкемлестирилгени илимпазлардың шығармаларын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў имканиятын бермекте. Тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеў әҳмийетли мәселе болып тур. Конференция жумысы да ислам дининиң уллы ҳәм ийгиликли идеяларын ашып бериўге қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады.
Бул абырайлы әнжуман жумысында Саудия Арабстаны, Египет, Түркия, Иордания, Оман, Россия, АҚШ, Франция, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркменстан, Ҳиндстан ҳәм Пакистан сыяқлы 22 мәмлекеттен 70 ден аслам абырайлы халықаралық шөлкемлердиң басшылары, дин ғайраткерлери, муфтийлер ҳәм белгили уламалар қатнаспақта.
Конференциядан гөзленген тийкарғы мақсет жедел, глобалласыў шараятында ислам дини қәдириятлары, оның тынышлықты сүйиўши мәнисин кеңнен үгит-нәсиятлаў, жасларды диний кеңпейиллик ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, оларда ислам динине жат радикал қарасларға қарсы маўасасызлық туйғысын қәлиплестириў ҳәм онда Өзбекстан тәжирийбесин, диний ҳәм дүньялық турақлылығын сақлаў жолындағы ҳәрекетлерин халықаралық жәмийетшиликке жеткериўден ибарат болып есапланады.
Назокат Усмонова, Аслиддин Алижонов (сүўрет)
ӨзА