Өзбекстанда «IV Ташкент Контркоррупция форумы» болып өтеди. Быйыл 17-октябрь күни өткерилетуғын форум 250 ден артық контркоррупция уйымларының хызметкерлери, халықаралық экспертлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң ўәкиллерин бирлестириўи күтилмекте.
Бул илаж Өзбекстан Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен Европа Аўқамы, Германия халықаралық бирге ислесиў шөлкеми ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасы менен биргеликте шөлкемлестирилмекте.
Корупцияға қарсы гүресиў агентлиги мәлимлеме хызметинен мәлим етиўинше, форумда Финляндия, Грузия, Корея, Литва, Малайзия, АҚШ, Қытай, Гонгконг, Қазақстан, Әзербайжан, Тәжикстан сыяқлы мәмлекетлердиң контркоррупция уйымларының басшы ҳәм ўәкиллери қатнасады.
Форум шеңберинде Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги ҳәм Жәҳән банкиниң Ҳадаллық басқармасы арасында бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылыўы күтилмекте.
Сондай-ақ, агентлик басшылығы Өзбекстанға келген Қытай Қадағалаў бойынша миллий комиссиясының бас директоры басшылығындағы делегация менен ушырасады.
Форумның ашылыў мәресиминде коррупцияға қарсы гүресиўге белсене үлес қосып киятырған аймақлық кеңес, шөлкем, ғалаба хабар қураллары ҳәм журналистлер мүнәсип сыйлықланады.
Н.Абдураимова,
ӨзА