Танзила Норбоева халықаралық парламент конференциясында қатнасты

406

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы делегация Душанбе қаласында «Тәжикстан Республикасы Конституциясына 30 жыл» темасындағы халықаралық парламент конференциясында қатнасты.

Бул халықаралық әнжуман парламентлераралық бирге ислесиў ҳәм қарым-қатнасты және де беккемлеўге қаратылған болып, онда конституциялық-ҳуқықый реформаларды әмелге асырыў бойынша пикир алысылды.

Соның менен бирге, миллий ҳәм дүнья конституциялық раўажланыўында глобал процесслердиң мәнисин анықлаў ҳәм жәмийетте конституциялық қәдириятларды әмелге асырыў бойынша өз-ара тәжирийбелер менен ортақласты.

Конференция шеңберинде болып өткен сөйлесиўлерде Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы дослық байланыслар кеңейип атырғаны, соның ишинде, парламентлераралық бирге ислесиўдиң раўажланып атырғаны атап өтилди.

Н.Абдураимова,

ӨзА