Туризм комитетинде «BBC Studios France» телевизиялық корпорациясы атқарыўшы продюсери Жак Тома Ришар менен «Top Gear France» автомобиль шоусиниң Өзбекстанға бағышланған арнаўлы санын сүўретке алыў мәселелери додаланды.
Тәреплер арасында бул жойбарды әмелге асырыўдың барлық әҳмийетли тәреплерин қамтып алатуғын бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.
Бул шоу шеңберинде көринислерди мәмлекетимиздиң ҳәр тәреплеме тартымлылығын ашып беретуғын орынлары, соның ишинде, қалалардың заманагөй ҳәм тарийхый бөлимлери, шөл ҳәм таўлы зоналарда алыў ҳәм социаллық тармақларда кеңнен сәўлелендириў бойынша келисип алынды.
Туризм комитетиниң ӨзАға мәлим етиўинше, аймақлар ҳәм тартылатуғын автомобильлер мәселесинде быйыл ноябрь айында дөретиўшилик топардың сапары шөлкемлестириледи.
Бул белгили шоудиң мәмлекетимизде сүўретке алыныўы ҳәм кең түрде халыққа усынылыўы француз ҳәм инглис тилли сегментте Өзбекстанның бай мәденияты, тарийхы, туризм потенциалын көрсетиў жолындағы әҳмийетли жойбарлардан болып есапланады.
Б.Худойбердиев, ӨзА