Усы күнлерде Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайының хызметкерлери Түркия Дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымлар агентлиги тәрепинен шөлкемлестирилген оқыў курсы шеңберинде Түркия ҳәм Европа  Аўқамы  мәмлекетлери мысалында медициналық буйымлар ҳәм медициналық техникаларды  мәмлекетлик дизимнен өткериў, сондай-ақ, постмаркетинг қадағалаўын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша тәжирийбе арттырмақта.

«Фармацевтика өнимлериниң қәўипсизлиги орайы» мәмлекетлик мәкемеси мәлимлеме хызметиниң хабарында атап өтилиўинше, усы оқыў курсының мақсети – миллий тәртипке салыў системасын жетилистириў, глобал  тәжирийбелерди үйрениў, сондай-ақ, постмаркетинг қадағалаў системасын  әмелиятқа енгизиў болып есапланады.

Курс даўамында қатнасыўшылар Түркия ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлериндеги  нормативлик ҳүжжетлер, мәмлекетлик дизимнен өткериў процесслери ҳәм постмаркетинг қадағалаў бойынша әмелий билимлерин өзлестирмекте.

Оқыў курсы, әсиресе, тараўдың халықаралық көлемдеги раўажланыўы ҳәм заман талапларынан келип шыққан ҳалда Өзбекстанда медициналық буйымларды қадағалаў системасын жетилистириў ушын  үлкен әҳмийетке ийе. Бул өз гезегинде , мәмлекетимизде халықтың денсаўлығын қорғаў, қәўипсиз ҳәм сапалы медициналық буйымлар жеткерип бериўге хызмет етеди.

М.Қосимов, ӨзА