Дөретиўши  ҳаял-қызлардың инновациялық ҳәптелиги

481

Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети тәрепинен мәмлекетимиз бойлап Дөретиўши ҳаял-қызлардың инновациялық ҳәптелиги – «INNOWOMENWEEK-2024» өткерилмекте.

Бул жойбар Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Өзбекстан Республикасы Инновциялық раўажланыў агентлиги, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы, Өзбекстан Дөретиўши ҳаял-қызлар орайы ҳәм Ташкент қаласындағы Турин политехника  универнситети менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Ташкент қаласындағы Турин политехника университетинде болып өтип атырған Дөретиўши  ҳаял-қызлардың инновациялық исбилерменлик ҳәптелигинде өзиниң исбилерменлик  жумысын басламақшы болған 200 ден аслам ҳаял-қызлар бизнес идеялары менен қатнаспақта.

Бул ҳәптелик қәбилетли ҳаял-қызлар тәрепинен әмелге асырылыўы режелестирилип атырған бизнес идея ҳәм жойбарлардың тийкарғы бағдарлары, жағдайы ҳәм  дәрежелерин анықлаў, ҳаял-қызларды исбилерменлик жумысына кеңнен тартыў, олардың дәрежелерин анықлаў, олардың интеллектуаллық мүлк обектлерин хуқықый қорғаўға жәрдем бериў,  исбилерменлик жумысына инновациялық көзқарасты енгизиў, апа-сиңлилеримиздиң өзи бизнес идеялары менен жойбарларын әмелге асырыўына жәрдем бериў сыяқлы мақсетлерди гөзлеў менен әҳмийетли.

Ҳәптелик  шеңберинде дөретиўши ҳәм исбилермен ҳаял-қызлардың инновациялық жойбарлар, технология ҳәм өнимлер көргизбеси, қатнасыўшлар ушын ойлап табыў, пайдалы модель, санаат үлгиси ҳәм товар белгилериниң хуқықый қорғалыўы бойынша оқыў сабақлар өткерилмекте.

Исбилерменлик жумысын баслаўы ушын бизнес семинарлар шөлкемлестирилип,  тәжирийбели  исбилерменлер тәрепинен көргизбели әмелий сабақлар ҳәм дөгерек сәўбетлер болып өтпекте. Сондай-ақ, жетекши исбилермен ҳаял-қызлардың әмелге асырған жумыслары бойынша презентациялар өткериледи.

Ҳәптелик жуўмағында қатнасыўшы ҳаял-қызлар арттырған тәжирийбелери менен көнликпелери тийкарында таярланған бизнес жойбарлар бойынша презентациялар  өткереди.

«INNOWOMENWEEK-2024» ҳәптелиги шеңберинде Интеллектуаллық мүлк объектлерин хуқықый қорғаў тәртиби ҳаққында оқыў-семинары өткерилди.

«XXI әсир илим ҳәм бизнестеги ҳаял-қызлар: жетискенликлер ҳәм машқалалар» темасындағы халықаралық форумда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары  Зулайҳо Маҳкамова, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Озода Парпибоева ҳәм басқалар мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ушын жаратылып атырған шараятлар ҳаққында толық шығып сөйледи.

Ҳаял-қызлардың өз қәбилетлерин көрсетиўине имканият жаратыў  мақсетинде Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети ҳәм шерик шөлкемлер менен биргеликте жыл даўамында тәжирийбе арттырыў курслары, кәсип-өнерге бағдарланған курслар ҳәм шеберлик сабақлары шөлкемлестирилип барылады.

Қәбилетли ҳаял-қызлардың тийисли тараў кәрханаларының илимий, техникалық ҳәм  технологиялық машқалалары бойынша алынған патентлери тийкарында инновациялық жойбарларын таярлап, Инновациялық раўажланыў агентлиги, агентликлер, холдинг компаниялары, акционерлик жәмийетлери, санаат кәрханалары ҳәм басқа шөлкемлер тәрепинен өткерилетуғын таңлаўларда қатнасыўы бойынша шөлкемлестириў  жумыслары әмелге асырылады.

Сондай-ақ, қәбилетли  ҳаял-қызлар өз жойбарлары менен халықаралық таңлаўларда қатнасыўы бойынша да мақсетли жумысларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Қәбилетли ҳаял-қызларды сырт мәмлекетлердиң жоқары оқыў орынлары, инновация орайлары ҳәм санаат кәрханаларына маманлығын арттырыўға жибериў және халықаралық әнжуманлар, семинар, ярмаркалар ҳәм көргизбелерде қатнасыўы бойынша мақсетли жумыслар әмелге асырылады.

Бул жумыслар республикамыз ҳаял-қызларының инновациялық жойбарларын кең жәмийетшиликке үгит-нәсиятлаў ҳәм илимпаз, дөретиўши, исбилермен  ҳаял-қызлардың жаңа әўладын тәрбиялап жетилистириўге хызмет етеди.

Н.УСМОНОВА, ӨзА