Заманагөй агрокомплекс жумысы алдыңғы биржа механизмлери тийкарында шөлкемлестириледи

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Заманагөй агрокомлекс жумысын алдыңғы биржа механизмлери тийкарында шөлкемлестириўдиң қосымша илажлары ҳаққында» қарар қабыллады.
«Өзбекстан республикалық товар-шийки зат биржасы» АЖ жанында «Agro Exchange» ЖШЖ шөлкемлестирилген. Оның тийкарғы ўазыйпалары:
халықтың қыйтақ жерлеринде, сондай-ақ, фермер ҳәм дийқан хожалықлары тәрепинен жетистирилген аўыл хожалығы өнимлерин еркин базар баҳасында сатыўға жәрдемлесиўши «Uzex Agro» электрон саўда платформасының үзликсиз жумысын тәмийинлеў;
платформаны техникалық қоллап-қуўатлаў ҳәм көрсетилетуғын хызметлерди базар принципине тийкарланған ҳалда турақлы жетилистирип барыў;
аймақлардағы аўыл хожалығына мөлшерленген бос турған жер майданларын өзлестириў арқалы заманагөй агрокомплекслерди шөлкемлестириў;
агрокомплекслер әтирапында тартымлы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыўдан ибарат.
Ҳүкиметтиң усы қарарына муўапық, «Өзбекстан республикалық товар-шийки зат биржасы» АЖ 2024-жыл 15-октябрьге шекем платформа иске қосылыўын тәмийинлейди. Онда төмендегилер:
платформада аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилер менен өнимди сатып алыўшы ҳәм кепилленген түрде жеткерип бериўши, қәўип-қәтерлерди қамсызландырыўшы, сондай-ақ, экспорт етиўши кәрханалар арасында өз-ара онлайн шәртнамаларды дүзиў ҳәм процесслер қатнасыўшыларының жумысын қоллап-қуўатлаўшы комплексли механизмлерди сәўлелендириў;
платформаны ислеп шығыў ҳәм оның үзликсиз жумысын тәмийинлеўге байланыслы қәрежетлерди «Өзбекстан республикалық товар-шийки зат биржасы» АЖның қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырыў инабатқа алынады.
Платформа Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша арнаўлы мәлимлеме порталы ҳәм Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң «Online mahalla» электрон платформасы менен интеграцияланады;
мәмлекетлик буйыртпашылар ҳәм оларға аутсорсинг тийкарында аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериў хызметин көрсетиўши исбилерменлик субъектлери аўыл хожалығы өнимлерин платформа арқалы сатып алыў ҳуқықына ийе болады;
халықтың қыйтақ жерлеринде, фермер ҳәм дийқан хожалықларында жетистирилген аўыл хожалығы өнимлери бойынша әмелге асырылған саўдалардың нәтийжелерине бола орташа баҳалар қәлиплестириледи ҳәм ҳәр күни платформада жәрияланады. Мәмлекетлик буйыртпашылар сатып алыўларды әмелге асырыўда бул орташа баҳалардан пайдаланады;
2025-жыл 1-январьға шекем халықтан, дийқан ҳәм фермер хожалықларынан платформа арқалы өним сатқанлығы ушын дәлдалшылық ҳақы өндирилмейди.
Қарар менен «Uzex Agro» электрон платформасында аўыл хожалығы өнимлерин сатыў тәртиби ҳаққындағы реже де тастыйықланды.
ӨзА