Абу-Даби қаласындағы «Rixos Marina» мийманханасында усы жылдың 1-октябрь күни мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығына бағышланған байрам илажы өткерилди.
Өзбекстанның БАӘдеги елшиханасы, Дубайдағы Бас консулхана ҳәм белсенди ўатанласлар менен биргеликте шөлкемлестирилген байрам илажында Әмирликлер тәрепинен Әдиллик министри Абдулла бин Султан бин Авад Ал Нуайми рәсмий мийман сыпатында қатнасты. Өзбек халқын ғәрезсизлик байрамы менен қутлықлады.
Сондай-ақ, илажда БАӘде жайласқан дипломатиялық ўәкилханалар, соның ишинде, 61 сырт ел елшилери, халықаралық шөлкемлер, Әмирликлер министрликлери ҳәм уйымлары, бирге ислесиўши шөлкемлердиң басшылары ҳәм әмирликлерде жасаўшы ўатанласларымыз қатнасты.
Байрам илажы Өзбекстан ҳәм БАӘ мәмлекетлериниң гимнлери менен басланды. Өзбекстанның БАӘдеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси А.Аққулов ғәрезсизлик жылларында, әсиресе, соңы жети жылда Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли демократиялық, ҳуқықый ҳәм социаллық-экономикалық реформалар ҳаққында айтып, мәмлекетимиздиң барлық тараўларда басып өтип атырған раўажланыў жолын айрықша атап өтти. Өзбекстан ҳәм БАӘ арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиў жылдан-жылға раўажланып атырғанын атап өтти. Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министриниң орынбасары, қорғаныў министри, Дубай Әмирлигиниң мийрасхоры Шейх Ҳамдан бин Муҳаммед Ол Мактумның жақында Өзбекстанға еткен рәсмий сапары да кең көлемли, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шыққанын айрықша атап өтти.
Илажда Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги жәрдеминде шөлкемлестирилген концерт бағдарламасы өзгеше көтериңки кейпият бағышлады.
Мийманхана мониторларында көрсетилген мәмлекетимиздиң туризм потенциалын сәўлелендириўши видеороликлер, миллий қәдириятларымыз сәўлеленген презентация материаллары ҳәм азық-аўқат өнимлериниң көргизбеси жыйналғанларда үлкен тәсир қалдырды. Өзбек миллий аўқатлары болса мийманларға жүдә унады.
ӨзА