Педагоглардың заманагөй методикалар бойынша маманлығы арттырылыўы билимлендириўдиң сапасын жақсылайтуғын факторлардан бири есапланады.
Әсиресе, халықаралық бирге ислесиў арқалы раўажланып атырған мәмлекетлердиң билимлендириў системасы, методлары ҳәм педагогикалық әмелиятларын үйрениў имканиятлары жаратылып атырғаны итибарға ылайық.
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен АҚШтың Меҳрибанлық корпусы (Mercy Corps) халықаралық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми менен биргеликте мектепке шекемги билим бериў шөлкемлериниң методистлери ушын тренинглер шөлкемлестирилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Сурхандәрья ўәлаятынан 24 методист қатнаспақта. Бул илаж «Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги билим бериў системасында балалардың бир жасынан билим, рационал аўқатланыў, гигиена ҳәм саламат турмыс тәризи көнликпелерин қәлиплестириўде компетенциялық процессти енгизиў» темасына бағышланған.
Процесслер 6 күн даўам етеди, онда қатнасқан муғаллимлердиң келешекте 128 мектепке шекемги билим бериў шөлкемлерине каскад усылында өз билимлерин кәсиплеслери менен ортақласады, делинеди Мектпеке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң мағлыўматында.
Тренинг сабақларының даўамында педагоглар жаңа педагогикалық усыллар, балалардың жеке өзгешеликлерин есапқа алып, билим бериўдиң инновациялық көзқараслары менен танысыўы мақсет етилген.
Сондай-ақ, әмелий сабақлар шеңберинде балалардың оқыў, жазыў, сөйлесиў көнликпелери ҳәм рационал аўқатланыў, саламат турмыс тәризине байланыслы билимлерди раўажландырыў ҳаққында сөз етилди.
М.Ҳожиакбарова, ӨзА