Германияда басып шығарылатуғын «Masche» журналы Самарқандта Халықаралық тоқымашылық ислеп шығарыўшылар федерациясы (ITMF) ҳәм Халықаралық кийим-кеншек федерациясы (IAF) менен биргеликте өткерилген жыллық конференциясына бағышланған мақала басып шығарды.
Автор Алекса Битцер усы абырайлы илаж дүнья тоқымашылық санаатының ең ири еки шөлкеми менен биргеликте өткерилгени, Орайлық Азия регионы, атап айтқанда, Өзбекстан биринши мәрте усы абырайлы илажды өткергенин айрықша ўақыя сыпатында тәрийипленген.
Онда атап өтилиўинше, усы әнжуманда Европа, Азия ҳәм Шығыс Америкадан 500 ден аслам жетекши тоқымашылық санаатының ўәкиллери қатнасты. Илаж шеңберинде жасалма интеллект, санластырыў, турақлы раўажланыў, өнимлерди қайта ислеў ҳәм тәмийнат шынжырларын оптималластырыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланды.
«2017-жылдан берли Өзбекстанда тоқымашылық санаатында әмелге асырылған терең реформалар нәтийжесинде мийнет шараятлары ҳәм қоршаған орталықты қорғаў көрсеткишлери дүнья стандартларына муўапықластырылған. Атап айтқанда, мәмлекет 2017-жылдан баслап жумысшы күши менен мийнет хуқықларын жетилистириў, балалар мийнетин сапластырыў ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы кескин илажларды көрди. Соның нәтийжесинде Халықаралық мийнет шөлкеми 2021-жылы Өзбекстанда балалар ҳәм мәжбүрий мийнет пүткиллей сапластырғанын жәриялаған еди ҳәм 2022-жылы «Cotton Campaign» шөлкеми өзбек пахтасына бойкотты рәсмий бийкар етти» , – деп атап өтилген мақалада.
ӨзА