Усы жыл 4-октябрьде «Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик тараўында мәмлекетлик сиясатты жетилистириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Атап айтқанда, қарарға бола, «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы шеңберинде бир қатар ўазыйпалар Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленди.

Мийнет базарын, бәнт ҳәм жумыссыз халықты структуралық жақтан таллаў, жумыссызларды мәнзилли анықлаў ҳәм олардың есабын жүргизиў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламасын қәлиплестириў, бос жумыс орынларының есабын жүргизиў, жумыссызларды жумысқа алыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм ҳәким жәрдемшилериниң жумысын муўапықластырыў усылардың қатарына киреди.

Мәҳәлле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги сапластырылды.

2025-жыл 1-декабрьге шекем 50 районда, 2026-жылы қалған районларда 50-100 гектардан ижара тийкарында ажыратылған аўыл хожалығы жер майданларында санаатласқан плантация, бағ ҳәм жүзимзарлар жаратылады. Ижара тийкарында жер майданлары ажыратылған районларда кеминде 40 гектар майданда «бир контур – бир өним» принципи тийкарында жоқары дәраматлы ҳәм экспортқа жарамлы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў бойынша үлги жойбарлар әмелге асырылады.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА